30 августа 2010

Нөкисте тереклерге қырғын келди…

Мен бүгин жумыстан кешлеў қайттым. Жол жөнекей кеше ғана жанып кеткен кафениң үстинен өтип, ол жерлердеги жағдайды өз көзим менен көргим келди. Қайсы кафе дейсиз бе? Нөкистеги қəдимги «Айдын жол» базарын билесиз ғо, аўа, аўа, тап сол буннан бир неше жыл бурын өртенип кеткен, əне соған жетер-жетпес жердеги муштағы кафе ше. Еле еситпедиңииз бе? Кеше жанып кетти ғой.

Светофордан өтип киятырсам жол шетиндеги азанда ғана аман турған қара тал қыйсайып атыр. Ҳайран қалып қарап турсам сол жерден өтип баратырған бийтаныс бир жолаўшы (ол шамасы усы дөгеректе турса керек), маған қарап: «Иним түнде келип кеше жанып кеткен кафени сүўретке алғанша, усыларды түсирсең-о» деди. Ҳақыйқатында да, мен жол жөнекей сол кафени сүўретке алған едим. Ол мениң изимде көрип киятырған екен.

- Буған не болған, аға,-дедим түсинбегенимди жасырмай.

-Не болатуғын еди, иним. Ана жердеги шашликшилер ишин үңгип алып атыр. Көмирдиң орнына отын етип пайдаланады, буларда инсап қалмаған. Бул қаланың ийеси жоқ па деймен,-деп ол қолын бир силтеп кетип қалды.

Мен иши үңирейип қалған талларды сүўретке түсирип алдым. Егер буның алды алынбаса жақын арада бул дөгеректе бундай таллар қалмаса керек-аў. Əттегене-ай…

Айтпақшы, күни кеше усы орталықтағы «Диана» деп аталатуғын кафе өртенип кетти. Айтыўшылардың гəпине қарағанда, өрт электр тогиниң қысқа тутасыўынан келип шыққан қусайды. Қаладағы өрт өшириў бөлимшелери хызметкерлериниң тезлик ҳəм шеберлик пенен ислеген ис ҳəрекетлери нəтийжесинде кафедеги шыққан өрт өширилди. Ҳеш кимге зыян-зақым жетпеген.

Комментариев нет:

Отправить комментарий