24 мая 2010

3. Достыма хат

Ассалаўма əлейкум.


Екинши хатымда жазғанымдай, бизде еле көпшилик интернеттен пайдалана бермейди. Бул тийкарынан компьютерлестириўдиң төменлигинен емес, ал қызығыўшылықтың жоқлығынан…


Дурыс, буның түрли себеплери бар. Оны да есапқа алыўымыз тийис. Биздеги күнделикли баспасөзге уқсап қарақалпақ тилиндеги бар веб-сайтлардан да өзиңе керекли мағлыўмат алыўың мүмкин деп айтыў қыйын. Жақын арада бул тараўдағы кемис-қутықлардың толысып кетиўинен үмит етиўге де ертерек пе деп ойлайман.


Бул тармақта қандай да бир өзгерислерди жасларымыздан күтип қалыўдан басқа илажымыз жоқ көринеди. Олар интернетте блоглар жаратып, күнделиклер алып барыўлары арқалы жағдайды жақсылаўға урынып көриўлери мүмкин. Деген менен, бул гəпим менен мен вертуал дүньяға кирип алып, ойыңа не келсе соны жаза бериўиң керек демекши емеспен. Бул тармақтыңда өзине жараса заңы-законы бар. Солардан шығып кетпеген ҳалда, ҳеш кимди кемситпестен, намысына тийетуғын гəплер айтпастан, мəдениятлы түрде өз пикирлериңди берип барсаң ҳеш ким сениң «пышығыңа пыш» дей алмайды.


Гəпти неге интернет тармағынан баслағанымды түсинген шығарсаң? Аўа, аўа, кешеги сениң қол телефоныма жазған SMS иңе жуўап бериў мақсетинде айтып атырман бул гəплерди.


«Мен де өзиңе интернет арқалы жуўап жазаман… күт» депсең. Жүдə жақсы. Сен бул жуўабың менен мениң бираз болсада кеўлимди көтердиң. Сениң бул қолыңнан келетуғынына исенемен. Себеби көп оқыйсаң, изленесең, бираз нəрселерден хабарың бар. Күнделикли газеталарды турақлы бақлап баратуғыныңды жақсы билемен. Сол ушын да, саған интернет арқалы хат жазыўы ма себепши болған ушырасыўымызда, сен биз-журналистлердиң адресимизге бираз «жыллы» гəплер айттың…


Мейли, ол гəплерди қоя турайық… Айтпақшы, кешеги саған жазған биринши хатымды оқыған жас досларымыздан еки-үшеўи мениң электрон почтама хат жоллапты. Саған да сəлем айтыпты. Олардың айтыўларына қарағанда, интернетте қарақалпақ тилинде блог ашып қойған жасларымыз баршылық қусайды. «Бизиң жасларымыз да актив, түрли форумларға киреди, ҳəр қыйлы сайтлардағы анаў яки мынаў мəселеге бағышлап жазылған мақалаларды оқып, базы бир ўақытлары оларға өз пикирлерин қалдырады… Ал, блог, күнделиклер… азлаў, деген менен ўақты келип олардың да көбейери сөзсиз» деп жазады олардың бири.


Сондай-ақ, жəне бир достымыздың жазғанына қарағанда, биз егер бул тармақта жаслардың кеўлинен шығатуғын веб-сайтларды, блогларды, порталларды көбейтпес екенбиз, олардың басқа сайтларға болған қызығыўшылығын кемите алмас екенбиз. «Өзиңизге мəлим, сол «басқа сайтларда» жаслардың санасына натуўры идеялар сиңдирилмекте. Олар əтирапымызда болып атырған ўақыялар бойынша бир тəреплеме, көпшилик жағдайда надурыс мағлыўматлар тарқатпақта. Көре-биле тура орын алып атырған жағдайларға тамашагөй болып қарап отыра берсек…, қəтелесемиз» деп тəшўишленип жазыпты олардың жəне бири.


Кейинги хат жоллаған достымыз питириўши екен. Ол быйыл өзиниң колледжлердиң бирин тамамлап атырғанын, жақын арада жоқары оқыў орынларының бирине тапсырмақшы екенин, бирақ ол жерлердеги соңғы жыллары орын алып атырған жағдайлардан тəшўиште екенин айтып жазып, бундай иллетлерге қарсы гүресиўди күшейтиў кереклигин қайта-қайта тəкирарлапты.


«Интернет үлкен күшке ийе. Егер биз интернетте блоглар ашып, сол жоқары оқыў орынларында орын алып атырған ўақыялар бойынша жаза басласақ… ҳеш болмағанда өзимиз бенен ушырасқан жағдайлар бойынша сөз етсек… ҳəммеси жақсы болып кетерине исенемен. Биз өзимизге мəмлекетимиз тəрепинен қандай мүмкиншиликлер жаратып берилип атырғанын умытпаўымыз керек. Əжайып имаратларда, жақты ҳəм таза класс жайларында отырып билим алдық. Компьютерде ислеп үйрендик. Енди оны əмелде қоллайтуғын ўақыт жетти. Келиң, ҳəммемиз ҳүрметли Президентимиз əтирапына жəмлесип, жоқарыдағыдай иллетлерге қарсы гүресейик! Өзимизге усындай қолайлылық жаратып берген Елбасшымыздың исенимин ақлап, ис пенен жуўап қайтарайық!» деп жазады өзин «Колледж питкериўшиси» деп атаған достымыз.


Мине, көрдиң бе, жасларымыздың нийети жақсы, кеўли ҳақ. Демек ертеңги күнимизден үмит бар деген сөз. Сен болсаң «ҳақыйқатты жазбай атырсыз», «газеталар қызық емес», «əтирапта жүз берип атырған ўақыялар жөнинде мағлыўмат ала алмай атырмыз» деп наразы боласаңда жүресең. Булардың барлығы ўақытша, жөнлеўге болатуғын жағдайлар. Ертең бир күн жоқарыдағыдай, бизлерге хат жазып отырғанларға уқсаған жасларымыз өсип-ержетеди. Əне соннан кейин барып, көпшилик газеталар сатылатуғын киоскалар алдында нəўбет күтип туратуғын болады. Интернетсиз өмиримизди көз алдымызға келтириў қыйын болатуғын дəўирлер келеди…


Ўақтыңды алып атырған болсам кеширерсең. Бүгинше жетер, көргенде, көрискенше.

Комментариев нет:

Отправить комментарий