21 мая 2010

2. Достыма хат


Ассалаўма əлейкум.

Хатымды оқыдың ба, жоқ па биле алмадым. Солай болса да саған жəне хат жазыўға отырдым. Айтажақ гəплерим көп…

…Өткен əсирдиң 80 жылларының баслары. «Турғынлық» деп аталған дəўирдиң əйне шыңына шыққан ўақытлары, мен журналистикаға енди-енди дəслепки қəдемимди қойып, оның «асханасына» сырттан сығалап жүрген пайытларым еди. Көп қатары, «партия қарарларынан рухланған рабочийлар атызларда жəўлан урып ислеп атыр…», «тракторлардың гүрилдиси», «маллардың мөңирескени» «мийнет симпониясындай жаңламақта» деп тынбай жазар едик. Бригаданың 100 гектар жери барлығын, оған агротехникалық қəделерге сай тəрбия берилип атырғанын, неше ирет суўғарылғанын айтып қайталай берип, қайталай берип «шаблон» деген нəрсениң «көкесин өзине танытқанбыз». Мақаланың соңына төрт-бес механизатордың аты-жөнин көрсетип өтсең, анық фактлер менен жазылған болып шыға келетуғынын қəйтерсең. Егер ҳақыйқатын айтатуғын болсам, жоқарыға жалтақлаў, көрсетпе тийкарында ислеў бизге сол ўақытлардан «мийрас» болып қалған десем алжаспасам керек. Партия сызған сызықтан шықпаўға ҳəрекет етер едик. Оның менен «тең қəдем таслап», бирге «рухланамыз».


Есиңде ме, өткен əсирдиң 85-жыллары басланған «қайта қурыў» бизиң журналистикамызды да бир силкиндирип таслаған еди. «Жəриялылық», «əшкаралық» деген компаниялар болып өткен сол дəўирлерде бираз болсада алға илгерилеўшиликлер болды. Деген менен тийкарғы қурам, анығырағы қарақалпақ журналистикасының басым көпшилик бөлегин қурайтуғын буўыны «ескише ислеўди» өзлерине мақул көрип, алдыңғы əўлад салған «сүрдеўди» бузғысы келмес еди. Ол ушын, ҳəтте гүрес барды. Заманның епкинин түсинген, ғəрезсизликтиң нəписин сезип, таза ҳаўасына қулшынып жасап атырған журналистлер жүдə қыйыншылық пенен алға барар еди. Олар көбирик қарама қарсылықларға ушырап, партиядан дəкки жегенлерин еситкенбиз ҳəм айырымларының гүўасы да болғанбыз.


Мен сол дəўирлерде республикалық жаслар газетасында ислейтуғын едим. Тақыятас қаласынан жалғыз баслы анадан редакциямызға хат келди. Оны үйренип шығыў маған тапсырылды. Мəлим болыўынша, сол жалғыз баслы ананың жасап атырған турақ жайын қаланың сол ўақыттағы атқарыў комитетиндегилер тартып алыпты. Ҳаялдың баласы жас - мектепте оқыйды. Ол гитара шертиўге қызығар екен. Сол күнлери кино театрларда бир əжайып ҳинд киносы қойылып атырған еди. Оның бас қаҳарманы болған Джимми исмли баланың тəғдири де сол баланикине уқсас болғаны ушын да оны танығанлар менен дослары «Джимми» деп шақырар екен. Мен оның менен сөйлестим. Ол «…мен үлкейсем… анамды қапа қылғанлардан өш аламан» деди маған. Расымды айтсам, мен сонда жүдə қорқып кеткенмен. Сол баланың ҳалатын көрип қорққанман. Ақыбетинен қорққанман. Арамызда жүрегинде усындай ғəзеп пенен жасап атырған жаслар өсип атырғанынан қорққанман…


Үйрениўлерим нəтийжесинде жазылған «Сен бахытлы боласаң, Джимми» деген атамадағы мақалам газета да басылды. Ол тийисли тəртипте қарап шығылып, мəселе шешилди. Жалғыз баслы анаға өзиниң турақ жайы қайтарылды…


Сол жыллары жəне бир есте қаларлық ўақыя жүз берди. Маған сол ўақыттағы жаслар газетасының редакторы бир «Қаҳарман ананың» арзасын үйренип шығыўды тапсырды. Оның баласы өзин қорғайман деп жүрип кимгедур тəн жарақаты жеткерип 5 жылға қамалып кетипти. Ең қызығы, сол газетаға хат жазып отырған "Қаҳарман ана"ның баласының қамалып кеткенине бир неше ай болып қалған еди. Ол əлле қашан жазаны өтеў ушын қайсы бир қамаққаналардың бирине жиберилген екен.


Мəселени ҳəр тəреплеме үйренип шықтым ҳəм оның жуўмағы бойынша «Мен айыплы емеспен, анажан» деген мақала жаздым. Прокурор тəрепинен сол "Қаҳарман ана"ның баласына шығарылған суд ҳүкимине протест келтирилип, əдалат қарар тапты.


Сол жылларда жас шаңарақты сақлап қалыўыма себепши болған бир мақалам ядыма түсип отыр. Олар ата-аналарының түсинбеўшиликлери себепли жəбир шегип атырған екен. Тийкарынан жигиттиң ата-анасы баласының өзлери айтқан қызға үйленбегени ушын қарсы болып, олардың ажырасып кетиўине себепши болған.


Хатты үйрениў барысында еки жастың бири-бирин жақсы көретуғынлығы, ортасында баласы барлығы мəлим болды ҳəм усы бағдарда мақала жазылды. Арадан көп өтпей олар қосылып, əп-əнедей жасап кетти. Узақ жыллар сол шаңарақтың сыртынан бақлап бардым. Олардың балалары ержетип, бахытлы үлкен шаңараққа айланды…


Буларды мен мақтаныў ушын жазып атырған жоқпан. Өткен сапары мениң атыма айтқан гəплериңе жуўап бериў мақсетинде, 50 жыллық өмирим ишинде аз ба, көп пе ислеген жумысларымның мысалы сыпатында келтирип өтип атырман.


Оннан берман келе, 1991-жылардың басында «Еркин Қарақалпақстан» газетасына жумысқа шақырылдым. Онда газетамызды белгили журналист Шарап аға Уснатдинов басқарар еди. Көпшилик тəрепинен қарақалпақ журналистикасының атасы деп тəн алынатуғын устазымыздан көп нəрселер үйрендик.


Устаз туўралы көп нəрселер айтыўға ҳəм жазыўға болар еди. Бирақ оған жүрек етпей отырман. Белгили шайыр Улмамбет аға Хожаназаров бир мəжилисте «Ибрайымнан кейин трибунаға шығып қосық оқып, Шараптан кейин сөзге шығып сөйлеп берекет таппайсаң» деген деседи. Солай болғаннан соң бизлерге жол болсын…


Қалған гəплер болса келеси хатымда жазарман. Көргенде, көрискенше.

Комментариев нет:

Отправить комментарий