04 мая 2010

«Сизлер ҳақыйқатты жаза алмайсыз…»



Бүгин бир таныс жигит маған тап усылай деди. Оның бетине бираз тигилип қарап турып, кейин саўал бердим.


-Не ушын солай деп ойлайсыз? Мысалы ушын нелер туўралы жаза алмай атырмыз?


-Жаза алмайтуғын болғаннан кейин оның несин айтаман.


-Сиз əўели айтың, егер зəрүр болса сизди тəшўишлендирген мəселелер туўралы жазыўға ҳəрекет етемен,-дедим мен.


- Жол ҳақының қымбатлағаны туўралы жазың,-деди ол.


-Сонда ҳақыйқатты жазған боламыз ба?


-Яқ , сен мени түсинбей қалдың, я мен түсиндире алмай атырман ба? Имм… Айтайық , неге Нөкис қаласында жол ҳақы баҳасы 400 сум болып кетти? Оннан ким утты, ким утылды? Жаздыңыз ба? Жазбадыңыз. Мен ҳəр күни жумысқа келип-кетип жүрип 1600 сум ақша жумсайман. Қанша жолаўшы бар. Сол ақшалар қайсы банкке түсип атыр? Түсип атырған болса не ушын маған ўақтында айлық бермей атыр?... Айлық ала алмасам мен келеси айда қалай жумысқа ўақтында жетип келе аламан? Буның ақыры қай жерге барып соғады?


Ол саўаллар изинен, саўалларды дизип таслады. Оны енди түсингендей болдым.


-Демек сиз Нөкис қаласында жол ҳақының қымбатлағаны ҳаққында билгиңиз келеди, солай ма?


-Əлбетте, тек мен емес қала турғынларының бəри оны билгиси келетуғыны анық. Жазың, түсиндириң. Тийисли адамлар менен сəўбет жүргизиң…


-Бул гəпиң дурыс, ол бизиң айыбымыз. Бирақ бул бизиң ҳақыйқатты жаза алмаслығымыздан емес, ал профессионал ўазыйпамызға жуўапкершилик пенен қатнас жасай алмай атырғанымызды аңлатады.


-Жуўапкершилик пенен қатнас жасаң. Ким оған кесент береди? Меннен интервью алың. Қашан айлық алдың деп сораң. Мен барлығын айтаман. Жазың, ҳəмме көрсин, оқысын ҳəм билсин,-деди ол.

Енди ойлап көрсем сол танысым ҳақ көринеди. Ҳақыйқатында да биз айрым мəселелерге үстиртин қараймыз. Қандайдур өзгерислер жөнинде оқыўшыларға тез түсиник бериў орнына, өзимизди басқалардың надурыс түсиниўинен тартынып гибиртиклеймиз…


Нөкис қаласында жол ҳақы баҳасы усы жылдың 10-апрелинен баслап қымбатлатылды. Ол бойынша ғалаба хабар қураллары арқалы хабар берилди. Бул сапары бəри нызамлы ҳəм жолаўшылардың ҳуқықы сақланған ҳалда жумыс алып барылды. Барлық транспорлардың көринетуғын жерине қандай тийкарларда жол ҳақы баҳасы қымбатлатылғанлығы бойынша дағазалар қыстырылып қойылыпты.


Солай етип, халықты хабарландырыў, анығырнағы хабардар қылыў көп нəрсени шешер екен. Есиңизде болса, буннан бир неше жыл бурын пайтахтымызда жол крей баҳасы қымбатлатылғанда оннан хабарсыз қалған айырым жолаўшылардың ғалаўытқа түскени, албырағаны, базы биреўлери өзлериниң наразылықларын ашық билдиргени туўралы бизиң газетамыз («Еркин Қарақалпақстан») жазған еди.


Дурыс, соңғы ўақытлардағы энергоресурслардың қымбатлаўы бул тараўға тəсир етпей турыўы мүмкин емес. Бир қарағанда бул орынлы ҳəм нызамлы. Лекин бүгинги күни ол биз ушын пайдалы ма, я жоқ па? деген саўал туўары турған гəп. Ақыры соңғы ўақытлары тараўда орын алып атырған машқалалардан хабарсыз емеспиз ғой. Бул туўралы бизиң газетамызда («Еркин Қарақалпақстан») қатар аналитик мақалалар жəрияланды.


Сол күнлери (2010-жылдың 10-апрелинен соң-автор) қаланың ишинде жүрип турған киши көлемдеги жөнелисли таксилерге («Дамас»ларға) минип жолаўшылардың ҳəм айдаўшылардың кейпиятларын үйрендим. Анығын айтыўым керек, соңғы ўақытлары жолаўшыларға транспорт хызметин көрсетиўде Нөкис қаласында бир қанша жетискенликлерге ерисилгени көринип тур. Дерлик пайтахтымыздың барлық көше ҳəм елатлы пунктлери менен байланыс бар. Қайсы машина, қай жерден жүретуғынлығы туўралыда анық мағлыўмат алыў мүмкиншилиги жаратылған. Айырым жөнелислердеги бир-еки гөне машинаны айтпағанда, қала ишинде, дерлик толығы менен таза транспорттан пайдаланылмақта. Бул өз гезегинде, жолаўшыларға транспорт хызметин көрсетиўдиң мəдениятын жақсылаўға тəсирин тийгизип атыр.


-Жолаўшылардың кейпияты қалай? Жол ҳақының қымбатлағанынан наразылық билдирип атырған жоқ па?-деп сорадым мен бир айдаўшыдан.


- Расын айтсам, мен бул сапары ҳайран қалып отырман. Жол ҳақы 400 сум болды деймиз машинаға отырғанларға. «Хабарымыз бар» дейди олар ҳəм ҳеш нəрсе деместен пулын созады…


Жоқарыда айтқанымыздай, егер көпшилик өзгерислер бойынша ўақтында хабарландырылса ҳеш қандай түсинбеўшиликлер болмас екен.


…Усы жерде жəне бир айта кететуғын нəрсе, айырым айдаўшылар бул жағдайдан жүдə тəшўиште. Неге дегенде, олардың көпшилиги сол транспортларды ижараға алып айдап жүргени ҳеш кимге сыр емес. Қымбатлаўлар нəтийжесинде олар өзлериниң транспортларының тийкарғы ийелериниң күнлик «планды» арттырып жибергенинен наразы.


-Бурын қанша еди?


-«Дамас»лар ушын орташа (гөне, тазалығына қарап) 15-20 мың сум аралығында. Фирмаға 7 мың сумнан зыятырақ пул төлеймиз. Жанар май, басқа түрли жыйымлар бар…


-Басқа қандай жыйымлар болыўы мүмкин?


-Оны мен сизге айта алмайман. Басқаларда айтпайды. Жумысымнан айырылып қалыў нийетим жоқ. Еплеп бала-шаға бақсақ болар, қалғанын өзиң анықлап ала берерсең. Өзиң журналистпен деген жоқсаң ба? Изертле, үйрен, жуўап тап!..


Əлбетте, биз бул сораўларға жуўап табыў аңсатқа түспейтуғынын жақсы түсинемиз. Деген менен солай екен деп қол қаўсырып отырмақшы да емеспиз. Неге дегенде бул жағдайлар ақыр ақыбет республикамыздың экономикасының раўажланыўына кери тəсирин тийгизери анық.


Бизди ойланыўға мəжбүр еткен жағдайлардың бири усы қымбатлаўлар менен бирге, тараўдағы орын алған былғасықларға байланыслы, көп муғдардағы нақ ақшаның банктен тыс айланыўына жол қойылып атырғаны болып отыр. Айтайық, бир автотранспорт ийеси өз автомашинасын кимгедур күнине 20 мың сумға ижараға берип қойыпты. Дерлик ҳəр күни сол транспорт ийелери бул сумманы сол айдаўшылардан талап етеди. Жанар май қымбатлаўы олар ушын есап емес.


Жанар майдың қымбатлаўын сол 20 мың сумның есабынан жабыўға, анығырағы оны 16-17 мың сум етип түсириў арқалы əмелге асырыўға болмас па еди? Буны Нөкис қаласы ҳəкимиятында отырғанлар есаплап көрди ме екен? Ақыры бундай қымбатлаўлар қала халқының турмысына тəсир етип ғана қалмастан, миллий валютамыздың қəдирсизлениўине алып келери анық. Буны бир есап-шотқа салып көриў керек шығар, қалай да. Бизиң дана халқымыз «есаплы дос ажыралмас» деп сол ушын да айтқан болса керек. Бир күн болмаса бир күн буның ақыбети жақсылыққа алып келмеси аттың қасқасында анық.


-Мен бир нəрсеге түсинбеймен. Неге ҳəкимият сол машина ийелерин шақырып сөйлеспейди. Егер жанар май қымбатлаған болса жол ҳақыны қымбатлата бериў шəрт пе? Оның орнына сол салыққа тартылмай киятырған, банктен тыс айланып атырған сумманың есабынан буны əмелге асырыўға болады ғой,-дейди көп жыллардан берли транспорт басқарып киятырған тəжирийбели айдаўшылардың бири. – Айдап жүрген «Дамас»тың ийесине ҳəр күни мен 20 мың сум пул апарып беремен. Соны азайтса болғаны емес пе? Буны сорайтуғын адам жоқ. Өзлеримиз айтсақ «айдамасаң машинаны қойып кетебер» дейди. Илажсызбыз…


Бүгинги күни пайтахтымызда 40 тан аслам юридикалық тəреплер транспорт хызметин көрсетиў менен шуғылланады. Бирақ ол жерлерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006-жыл 9-марттағы 303-санлы «Автомовиль транспортында жолаўшылар тасыў саласында исбилерменлик хызметиниң айырықша түрлерин əмелге асырыўды тəртипке салыў ҳаққында»ғы қарары талаплары толық орынланып атыр деп айта алмаймыз. Елеге шекем сол юридикалық тəреплер жеке пуқаралардың транспортларын ижараға алыў ҳəм оларға ижара ҳақыларын банк есап бетлери арқалы төлеўди дурыслы жолға қоя алмай атыр. Шоферларға мийнет ҳақыларын нызамда белгиленген тəртипте төлеў, оларға мийнет дəптершелерин ашыў ҳəм басқада усыған уқсаған жоқарыда аты аталған Президент қарарында белгиленген талапларды орынлаў үзилиске түсирилмекте.


Солай етип, бизиң есабымыз бойынша бул тараўда усы күнге шекем N муғдардағы нақ ақша банктен тыс айланған болса, усы жылдың 10-апрелинен баслап оның муғдары жол ҳақыға қосылған 100 сумның есабынан жəне артты. Қаншаға артқанын өзлериңиз есаплап көре берерсиз.


Соның менен бирге, биздеги мағлыўматларға қарағанда сол жоқарыда аты аталған юридикалық тəреплер күнделикли жыйымларды толық банк кассаларына кирис етпейтуғынлығы, айырым жағдайларда жөнелислерде есапта жоқ (лицензиясыз) автомашиналардың жүриўине жол қоятуғынлығы туўралы мағлыўматлар бар. Ол енди басқа гəп. Оларды ҳəр тəреплеме үйренип шығып болғаннан кейин барып бир нəрсе деўимиз мүмкин.


…Бул мəселени үйренип атырғаныма бираз ўақыт болды. Нөкис қаласының ҳəкиминиң экономикалық мəселелер бойынша орынбасары А. Минажов пенен де сөйлестим. Нөкис қалалық мəмлекетлик салық инспекциясының тийисли бөлиминиң хызметкерлери бул мəселеде маған жақыннан жəрдем берип атыр.


Мениң ойымша, таярлап атырған мақалам газетада баслғаннан кейин сол танысым бизди «ҳақыйқатты жазбайсыз» деп айыпламас деп ойлайман.

Комментариев нет:

Отправить комментарий