21 мая 2010

Достыма хат

Екеўмиздиң арамызда болған сол гəплерден кейин, үйге келип болып та, кеше жумыс пайтында да көп ойладым. Сол күни сениң берген сораўларыныңа жуўап бериў ушын ба, я болмаса өзимди ақлаў ушын ба айтқан гəплеримди қайта-қайта еслеп, тəрезиге тартып көрдим. Ақыр ақыбет усы хатты жазыўды уйғардым.

Дурыс, ойлап көрсем 50 жас аз ўақыт емес екен. Аллатаала өмир берсе қалғанында көрермиз. Лекин оны өзиң айтқандай мазмунлы-мəнисли жасай алыў ҳəр биримиздиң өзлеримизге байланыслы. «Қырққа келип нырққа келмеген»лер, «елиўде есин жыймаған»ларда аз дейсиз бе? Олардың жолы армаған…

Көп жыллардан берли бир-биримизди жақсы билемиз. Ашық айтаман, соған қарамай мени туўрыдан-туўры айыплағаның маған батты. «Газетада ислеймен, журналистпен дейсең, ҳеш болмаса бир мəрте болса да халықтың жүрегиндеги гəплерди жаздың ба?» дегениңде үстимнен муздай суў қуйғандай болып кетти. Өткен 50 жыллық өмиримди босқа жасағандай болдым. Бир сəтке қулақларым тас болып, ҳеш нəрсе еситпей қалды. Көзимниң алды болса туман басқандай булдырап, өзимди жойтып алыўдан сəл қалдым.

Бираз гəплер айтылды. Мениң сөзлеримди тыңлап болып, өзиңниң қолайсыз сораў бергениңди түсинип қысынғаныңды да сездим. Бирақ «айтылған сөз, атылған оқ»…

Достым! Адамға өмир бир мəрте бериледи. Бул пəний дүньяда бизден бурын да, бизден кейин де өзлеримиздей жигитлер жасаған ҳəм буннан кейинде жасай береди. Гəп өзиңе берилген өмирди қалай жасаўда. Өмирди биз үлкен бир сахна деп алып қарайтуғын болсақ, онда қойылажақ «Жазмыш» китабынан алып жазылған сенарий бойынша «ойнайтуғын» ролимизди қай дəрежеде атқара алыўымызға да көп нəрсе байланыслы.

Аўа, мен - журналистпен! Кəсибим өзиме унайды. Өткен өмиримниң тең жарымын усы кəсипке бағышлап, газетшиниң өмири менен жасап киятырман. Налымайман.

Алдыңғы айтқан гəплериңди жуўып-шайыў ушын, өзиңди ақламақшы болып айтқан гəплер тек сениң бир өзиңди емес, ал көпшиликти қыйнап киятыр. «Мен ҳақыйқатты жаза алмайсыз демекши едим» деп шыр-пырың шыққаныңды көрип, ҳеш болмаса орынсыз саўал қойғаныңды аңлағаныңа қуўандым. Өзиме деген (дослығымызға демекшимен) кеўлиңде гинаң жоқлығын түсиндим ҳəм оннан төбем көкке жетти.

…Ҳақыйқатында да, негедур соңғы ўақытлары бизиң адресимизге (журналистлерди нəзерде тутып отырман) усындай айыплаўлар жийе-жийе айтылатуғын болып жүр. Оқыўшыларымыз бенен ушырасыўлар да, той-мерекелер де бундай гəплерди қулағымыз шалып жүргенин жасырмайман. Соңғы ўақытлары өзимниң электрон почтама келип атырған хатларда да усы мазмундағы ярым тоңқылды гəплер бар екенин тəн аламан. Олар бизге «ҳақыйқатты жазбайсыз» деп неге айыплаў қойып атырғанын да жақсы түсинемен.

Жоқ, жоқ, мен сизге «ҳəр қимниң өз ҳақыйқаты бар» деп, улыўма гəпти басқа таманға бурмақшы емеспен. Ҳақыйқат биреў болады. Бирақ оны ҳəр ким өзинше түсинеди ҳəм өзиниң саналылық мүмкиншиликлеринен келип шығып қабыл етеди. Менталитетке, тəрбия ҳəм қоршаған орталыққа да көп нəрсе байланыслы болады. Қулласы, ҳəр биримиздиң түсиник шеңберимизден келип шығып, əтирапта жүз берип атырған ўақыяға берген баҳамыз ҳəм сол бойынша өзимизде қəлиплескен пикир ҳəм ойлар жуўмағынан келип шығатуғын түсинигимизди ҳақыйқат сыпатында қабыл етиўимиз ҳəм тəн алыўымыз анық.

Мен усы күнге шекем өзим менен таныс адамлар арасында «бул нəрсеге мениң ақылым жетпейди» дегенлерди аз ушыратқанман. Оның орнына «мениң еслеў қəбилетим шатағырақ», «мен билемен, ҳəзир ядыма түспей тур» дейтуғынлар көп болды. Жоқарыдағыдай гиналы гəплерди сол тайыпадағы таныс-билислеримнен көбирек еситкенмен. Сол ушын да тап усы күнге шекем оған шынтлап итибар бермей келген болсам керек. Енди сол гəплерди өзиңдей достымның аўзынан еситтим…

Дурыс, өзиңди ақлаў ушын айтқан «газеталарда қызығып оқылатуғын материаллар аз», «онда турмыс шынлығы сəўлелендирилмей атыр», «мақтаў ҳəм мақтаныўлардан арыға өте алмай атырсызлар»ға уқсаған гəплериңе толық болмасада қосыламан.

…Бирақ илгериректе жазған бир кеўил кеширмелеримде айтып өткенимдей, буның тамыры тереңиректе жатыр. Қарақалпақ журналистикасы қəлиплескен дəўир - ХХ əсирдиң биринши 50 жыллығына туўра келеди. Ол дүньяға келиўден-ақ «қызыллар» идеялогиясының «батпағына батып» үлгерген еди. Ержете келе болса, сол «батпақлықтың» азанлы кеш бақылдайтуғын «бақасына» айланды.

Мен жоқарыда айтқан гəплеримди дəлиллеп отырмақшы емеспен. Оған ўақты келгенде тарийхшылар баҳа бере берер…

Ғəрезсизликке ерискеннен кейин де көпшилигимиз сол сүрдеўден шыға алмай қалдық. Нəтийжеде баспасөз шын мəнисинде (бул жерде мен Қарақалпақстан Республикасы аймағында басылатуғын басылымлар көлеминде пикир жүритип атырман) өз оқыўшыларына мағлыўмат алыў дерегине айланбай қалды. Буған тийкарынан биз-журналистлер айыплымыз. Неге дегенде, сол жоқарыда бир ўақытлары санамызға орналасып қалған: «биз аграр республикамыз, буннан артық жазыў мүмкин емес» деген пикир аяғымызға шырмаў болмақта. Бул тийкарынан ҳəзирги ҳəмелдарларымызға да (чиновник) унап қалды ҳəм биз ҳəрекетлеримизди тап усы күнге шекем сол тақилетте даўам еттирмектемиз.

Дурыс, мен бул гəплерим менен бүгинги газеталарымызда оқыўға болатуғын мақалалар жəрияланбай атыр демекши емеспен. Бар. Бирақ жүдə аз. Сол аз нəрседен үйренип, кейнин даўам еттирип кетиўге еле қурбымыз жетпей атыр. Айрым устаз журналистлеримиздиң ара тура болсада жəрияланып туратуғын, биз жоқарыда айтқанымыздай, олардың итибарға ылайық деп табылған мақалаларынан, ҳəтте шет еллерде де баҳаланып атырғанына қарамай, оқып үйренбей атырмыз. Нəтийжеси болса, мəлим…

Жақында тəжирийбели журналистлеримиздиң бири: «кешеги мақалаңды (ол мениң «Еркин Қарақалпақстан» газетасының соңғы санларының биринде жəрияланған суд очеркимди нəзерде тутпақта) жазбаўың керек еди. Бундай фактлер өмиримизде толып атыр… Сол сиз пара алды деп айыплап отырған қаниге (оны мен айыпламадым, бул бойынша судтың ҳүкими бар) бар жоғы 100 мың сум пул алыпты. Миллионлап жеп атырғанларда бар ғой, -деди ол маған. - Сен солар туўралы жаз…»

Биз негедур соңғы ўақытлары айырым мəселелерге тап усы тақилетте баҳа беретуғын болып кеткенбиз. Пара, Африкада да – пара. Оның суммасында турған гəп жоқ. «Пара алыў жынаятының объекти ҳəкимият яки басқарыў ўйымларының абыройы, нормал жумыс жүргизиўи, пуқаралардың ҳуқықлары яки нызамлы мəплери болып табылады.
Пул, валюта, қымбат баҳалы буйымлар, автомобильлер ҳəм басқа да ҳəр қыйлы мал-мүлк, азық-аўқат өнимлери, спиртли ишимликлер, антиквар буйымлар ҳəм басқалар, яғный материаллық қымбатқа ийе болған ҳəр қандай затлар ямаса мүлклик қəсийетиндеги пайда көриў (санаторийге жоллама, турстлик жоллама, қандай да бир пуллы ҳызмет көрсетиў сыяқлылар) параның предмети болыўы мүмкин» (М.Х.Рустамбаев - «Жынаят ҳуқықы» «Билим» баспасы, 2005 ж.) деп белгиленеди юридикалық əдебиятларда.

Ал, биз болсақ, республикамыз аймағында жайласқан мектеплердиң онлап директорлары мəмлекет мүлкин талан-тараж етип, бул фактлер бойынша жынаятлы ис ашылғанын билсек те, өзимизди билмегендей туттық. Ўақтында олар бойынша лəм-мим демедик. Сол мектеплерде ислеп атырған бир неше жүзлеген муғаллимлер бул ўақыялардан хабардар екенин итибарымыздан қашырдық. Олардың өзлериниң əтирапында болып атырған ҳəрекетлерге жəмийетшиликтиң пикирин билгиси келетуғынын есапқа алмадық. Өзлериниң мийнет ҳақыларынан, қосымша беретуғын сабақлары ушын алатуғын айлықларынан, хошаметлеў сыйлықларынан, хызмет сапары ушын төленетуғын төлемлерден жеп кеткен директорларының сырларын көпшиликтиң алдында ашып тасланбағанын көрип, олардың басқаша ойлардың басына баратуғынын түсинип жетпедик. Олар бойынша жəмийетлик пикир оятыў ушын ҳəрекет етпедик…

Олар амнистия актине тийкар жаза қолланылмай əпиў етилип, өз лаўазымларында қалдырылғанына да үнсиз қарап отыра бердик. Ең өкинишлиси, олардың айырымлары сол айыпларын тəкирарлап ислегенинде де, пара алып атырып қолға түскенинде де реакция билдирмедик. «Перзентлеримиздиң тəғдирин кимлерге тапсырып қойыппыз» деп жар салмадық. Дабыл қақпадық.

Милионлап пулды талан-тараж еткен районлық Халық билимлендириў бөлими баслықлары, есапшылары, пенсионерлеримиз бенен напақағылардың пулларын талан-тараж еткен байланыс бөлиминиң басшылары туўралы да оқыўшыларымызға мағлыўмат тарқатпадық.

Өткен еки-үш жыллықта бир неше колледж директорлары аттестациядан өте алмай қалғаны туўралы гəп тарқаған еди. Олар кимлер екени туўралы қай жердедур жазылғанын еслей аласыз ба?

Мениң жақында, хызмет сапарында жүрип, Х. районында бир фермер жигит бурынғы колхоздың фермасын сатып алып, еки жүзден аслам қара маллар менен онлап жылқыларды жоқ қылып жибергенин, ферма имаратын бузып алып, оннан шыққан қурылыс материалларын өзиниң меншик жайына басқанын еситкеним бар. Ферма əтирапында жайласқан аўыллардағылардың көз алдында жүз берген бул жынаят туўралы ким сөз етиўи керек еди?..

Адамлардың айтыўына қарағанда, сол районның ҳəкими бул жағдайдан еки жыл өтип хабар таўыпты ҳəм тезлик пенен сол жерге жетип келипти… Жылап жибергенбиш… Соннан кейин фермердиң үстинен жынаятлы ис қозғатылып, ол тийисли жазасын алған. Бирақ оның мəмлекетке келтирген көп муғдардағы шығынды төлеп, қандай жазаға ҳүким етилгени бойынша көпшилик бийхабар. Ҳəзир оның аўылды шаңғытып жүргенин көргенлер, басын шайқап, «пул болса, шəңгəлде шорпа» дегени усы екен-дə десетуғун қусайды.

Биз өзимиздиң ўазыйпамызға үстиртин қатнас жасаўымыз нəтийжесинде, ҳуқық қорғаў уйымлары тəрепинен алып барылып атырған əмелий жумыслар бойынша оқыўшыларымызға жетерли дəрежеде мағлыўмат бере алмай атырмыз.

Керисинше, «мақтаў ҳəм мақтаныўларға» кирисип кеткенимиз соншелли, өзимиз тарқатқан хабарға өзимизде исенбейтуғын дəрежеге жеттик. Кеше бир кəсиплесим «мен соңғы жыллары өзимниң мақаламнан басқасын оқымайтуғын болдым» деп салды. Сонда оны басқа кимлер оқыйды деп үмит етиўимиз керек?!

Кеширерсең, достым, «жаман жырын айтаман деп, сырын айтады» дегенлериндей, сəл қызысып кеткен көринемен. Буған жəне, жақында ғана интернеттеги веб-сайтлардың биринде, бизиң республикамызда «сөз еркинлиги шекленген», «жергиликли журналистлерге ҳақыйқатты жазыўды қадаған етип қойыпты» деген хабардың тарқатылыўы да жарнақ болып отыр.

Бизиң журналистлеримиздиң көпшилигиниң оған жуўап бериўге жағдайы жоқ. Анығырағы, олар буннан хабарсыз дегеним дурысырақ болатуғын шығар. Неге дегенде, олардың улыўма интернет тармағына қызығыўшылығы төмен. Айырымларының компьютерде де ислеп билмейтуғыны ҳеш кимге сыр емес. Бул тийкарынан мүмкиншиликтиң жоқлығынан емес. Ал өзлеринин қызығыўшылығы төменлигинен екени анық. Болмаса бизиң редакциямызда интернетке кириў ушын толық мүмкиншилик бар. Бирақ оннан санаўлы адамлар ғана пайдаланады…

Сол ушын да бундай гəплерди, анығырағы, өзиңе аталған хатта олар жөниндеги пикирлеримди ашық айтып атырғанымның төркиниде усында. Егер биреў ярым оларға айтып қоймаса, жақын арада олардың бул хаттан хабар таппасы анық.

Ҳəзирше бүгинги хатымды усы жерде жуўмақламақшыман. Қалған гəплерди келеси хатларымда жаза берермен. Көргенде, көрискенше.

Комментариев нет:

Отправить комментарий